Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеңеси 5-санлы «А.Төрешов» округинен сайланған депутат Б. Ниетуллаев тәрепинен «Ата мәкан» МПЖ аймағында ушырасыў өткерилди.
Ушырасыўда депутат тәрепинен аймақты социал-экономикалық раўажландырыў бағдарындағы исленип атырған жумыслар бойынша мағлыўматлар берилип, пуқаралардың мүрәжатлары үйренилди.
⚡️Және де мәмлекетимизде 2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы ҳәм усы бағдарлама тийкарында, 2022-жыл «Инсан қәдирин улығлаў ҳәм белсенди мәҳәлле жылы» нда әмелге асырылатуғын жумыслар, жаңадан қабыл етилген нызам, қарарлардың әҳмийети кеңнен түсиндирилди.
Сондай-ақ, 2022-жылы май айында аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынлары баслықларына (ақсақаллары) болып өтетуғын сайлаў нызамшылығы ҳаққында да түсиник жумыслары алып барылды.