Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 13-апрель күнги “Бюджет процессинде пуқаралардың белсене қатнасыўын тәмийинлеў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында”ғы ПҚ-5072-санлы қарарына тийкарланып, Өзбекстан Республикасы Қаржы Министрлигиниң “Ашық бюджет” порталы иске түсирилген еди.
2022-жыл 1-ярым жыллық ушын районымызда “Пуқаралар басламасы қоры” на 2021-жыл “Пуқаралар басламасы қоры” қаржыларынан қалдық ҳәм үнемленген қаржылары есабынан 823,4 млн.сўм, 2022-жылғы район жергиликли бюджетиниң тастыйықланған улыўма қәрежетлериниң 2,5 пайызы есабынан 1 млрд 819,7 млн.сўм ҳәм жыл басына қәлиплескен қосымша дереклер есабынан 219,8 млн.сўм жәми 2 млрд 864,9 млн.сўм қаржы жөнелттирилди.
Ашық бюджет порталында даўыс бериўдиң жуўмақлаўшы басқышы усы жылдың 1-апрель сәнесинде жуўмақланды. Районымыз бойынша “Ашық бюджет” мәлимлеме порталы арқалы пуқаралар тәрепинен жәми 461 усыныслар келип түсип, усыныслар исши комиссия тәрепинен үйренилип, 205 усыныс белгиленген критерияға сәйкес келмегенлиги себепли қабыл етилмеди ҳәм 256 усыныслар даўыс бериў басқышына өткерилди. Бул басқышта районымызда пуқаралар тәрепинен усынысларға жәми 25 458 даўыслар берилди.
Даўыс бериў жуўмағына көре төмендеги 4 усыныс ең көп даўыс топлап «жеңимпаз» деп табылды: Атап айтқанда
1. “Ата мәкән” мәкан пуқаралар жыйыны аймағына 2-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми 2077 даўыс;
2. “Ата мәкән” мәкән пуқаралар жыйыны Д.Ахмедов(С.Нурымбетов) көшесине ишимлик суўын тартыў усынысы 1984 даўыс;
3. Районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 26-санлы улыўма билим бериў мектебине балалар футбол майданшасы(газон)н қурыў усынысы 1967 даўыс;
4. Жийен жыраў атындағы балалар музыка көркем-өнер мектебиниң 2-этажын ремонтлаў усынысы 1894 даўыс топлап жеңимпаз деп табылды.
Жоқарыдағы жеңимпаз деп табылған усынысларға “пуқаралар басламасы қоры” қаржылары есабынан қаржы ажыратылыўы Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеңесиниң гезектеги сессиясында көрип шығылыўы белгиленген.
Районымыз турмысына бийпәрўа болмай, даўыс бериў процессине белсене қатнасқан бәрше Қараөзек турғынларына район ҳәкимлиги атынан миннетдаршылық билдиремиз.
Сондай-ақ, 2-мәўсим “Ашық бюджет” порталына усыныс киритиў ҳәм даўыс бериўге июль айында старт бериледи.