Екинши сектор баслығы ҳаял-қызлардың машқалаларын үйренди

Райондағы екинши сектор баслығы “Қуралпа” АПЖ дағы бир қатар ҳаял-қызлар менен ушырасты. Ушырасыўға АПЖ баслығы ҳәм ҳәким жәрдемшиси қатнасты.
Ушрасыўда сектор баслығына аўыл пуқаралары тәрепинен бир қатар мүрәжатлар билдирилди.
Мүрәжатлардың көпшилиги усы орында унамлы шешилип, қалған мүрәжатлар прокуратура тәрепинен қадағалаўға алынды.
Сондай-ақ усы күни аймақтағы социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақларға сектор баслығы тәрепинен азық-аўқатлық өнимлери тарқатылды.