Суд ҳәм жаслар.

Қараөзек районы агроэкономика техникумында Қарақалпақстан Республикасында жынаятшылық профилактикасын жәнеде жетилистириў мақсетинде, Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы Т.Турдымуратов ҳәм жынаят ислери бойынша Қараөзек районы суды баслығы Ж. Алланиязов, Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы районлық бөлими баслығы М. Атажановлар оқыўшы жаслар менен ушырасыў шөлкемлестирилди.
Илаж барысында қастан денеге жеңил жарақат жеткериў, урлық ҳәмде ҳаял-қызлар, жаслар, арасында жүз берип атырған жынаятлар ҳәм ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бойынша кең түрде мағлыўматлар берилди. Ушырасыў соңында жасларымыз шешимин таба алмай жүрген ҳәм өзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.