Депутатлар халық арасында үгит-нәсият жумысларын алып бармақта.

Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеӊеси депутатлары тәрепинен депутатлар искерлигиниң «Əҳмийетли он күнлиги» шеңберинде сайланған аймақларында сайлаўшылары менен ушырасыўлар өткерилмекте.
Ушырасыўда Президентимиздиң «2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанды раўажландырыў стратегиясы ҳаққында» ғы Пəрманының мазмун-мəниси ҳəм де усы жылдың 23-24-февраль күнлери Президентимиз Ш. Мирзиёевтың Қарақалпақстан Республикасына болған хызмет сапарында белгилеп берилген ўазыйпалардың халқымыз турмысындағы əҳмийети бойынша өз сайлаўшыларына кеңнен түсиниклер берилмекте.
Сондай-ақ, 2022-жылдың май айында аӯыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынлары баслықлары сайлаӯы алдынан пуқараларға түсиник жумыслары алып барылды.
Соның менен бирге сол аймақтағы халықтың мүрəжатлары үйренилип, тийисли тараўларға депутатлық сораўлар жиберилип ҳəр бир мүрəжат қадағалаўға алынатуғынлығы белгилеп алынды.