Қараөзек районы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими, ИИБ хызметкерлери менен «Қойбақ» аўыл пуқаралар жыйынында «Миллий байлықлар – миллет ғәзийнеси» атамасында илаж шөлкемлестирилди.
Илажға 3-санлы УББ мектеби оқыўшылары менен аўыл турғынлары қатнасты.
Онда мектеп оқыўшылары тәрепинен миллий салт дәстурлеримизден «Бесик жыры», «Тысаў кесиў» қусаған миллий дәстүрлеримизди сәўлелендириўши сахналық көринислер қойып берилди.
Буннан соң ҳаял-қызлардың машқалаларын шешиў бойынша көшпели қабыллаў өткерилди. Қабыллаў даўамында шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар менен ислесиў системасын жеделлестириўге байланыслы пәрман ҳәм қарарлардың мазмун-мәниси түсиндирилди. Ушырасыўда аўыл пуқаралары тәрепинен бир қатар мүрәжатлер билдирилди.
Мүрәжатлардың көпшилиги усы орында өз шешимин таўып, қалған мүрәжатлер бойынша тийисли мәкемелерге тапсырмалар берилип, шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими тәрепинен қадағалаўға алынатуғынлығын билдирди.