Инсан қәдири ушын

Усы жылдың 23-Апрель күни, Өзбекстан көзи әззилер жәмийети Қарақалпастан бөлиминиң 85 жыллығына арналып байрам илажы шөлкемлестирилди. Илажға районлық көзи әззилер жәмийетине ағза пуқараларымыз қатнасты.
Онда район ҳәкиминиң орынбасары И. Қосыбаев, Өзбекстан көзи әззилер жәмийети, Қарақалпастан бөлиминиң баслығы Қуўатбай Шараповалар байрам қатнасыўшыларын бөлимниң 85 жыллық юбелей сәнеси менен қызғын қутлықлады.
Буннан соң байрам қатнасыўшыларына район ҳәкимлиги тәрепинен байрам дәстурханы жайылып, ҳүрмет-иззет көрсетилди.
Байрам даўамында қатнасыўшылар арасында спорттың шахмат-шашка түринен жарыс өткерилип, жеңимпазлар мүнәсип сыйлықланды. Байрам салтанатлары йошлы концерт бағдарламалары менен даўам етти.