Хош хабар

Қараөзек районы мәденият бөлимине қараслы «Қараөзек» АПЖ да жайласқан мәденият орайы «Эстрада» дөгереги қатнасыўшысы, 13-санлы мектеп оқыўшысы, Турсынбаева Дильфуза Нөкис қаласында 10-17 жас оқыўшылары арасында өткерилген «Санъатим сенга, обод юртим» дөретиўши көрик-таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы басқышында, «Эстрада» жөнелиси бойынша сыйлы, 2-орынды ийеледи.
Жеңимпаз қызымызды қутлықлап, алдағы дөретиўшилик ислеринде күш ғайрат тилеп қаламыз.