Районымызда “Жасыл макан” улыўмамиллий жойбары шеңбериндеги жумыслар қызғын даўам еттирилмекте.
Бул илажға районлық ХББ қараслы улыўма билим бериў мектеплериде өзлериниң салмақлы үлеслерин қосып, мектеп әтирапларын жабайы шөплерден тазалап, саяманлы декоратив тереклер менен ҳәр қыйлы гүллерди егиў жумысларын алып бармақта.
Ҳәзирги күнлери ыссыханалар қурылып, ишлерине мийўе-палыз егин егиў жумысларын ислеп атыр.