Баспасөз конференция болып өтти

Бүгин Қараөзек районы Әдиллик бөлими, район ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети менен биргеликте “Инсан қәдир-қымбаты ҳәм оның нызамлы мәплерин тәмийинлеўге қаратылған кең көлемли реформалар ҳаққында” ғы әмелге асырылған жумыслар бойынша баспасөз конференциясы болып өтти.
Конференцияға райондағы Әдиллик бөлими, юридикалық хызметлер көрсетиў ҳәм мәмлекетлик хызметлер орайы хызметкерлери қатнасты.
Конференцияда районлық Әдиллик бөлими баслығы О. Джуманиязов “Инсан қәдир-қымбаты ҳәм оның нызамлы мәплерин тәмийинлеў бағдарындағы исленген жумыслар бойынша мағлыўматлар берип өтти.
Конференция сораў-жуўаплар менен даўам етти.