2-сектор тәрепинен 30 оқыўшыға велосипедлер тарқатылды.

Бүгинги күнде социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақларды қоллап-қуўатлаў оларға материаллық жәрдемлер көрсетиў бағдарында, сектор басшылары тәрепинен кәўендерлик илажлары шөлкемлестирилмекте.
Бүгин райондағы екинши сектор баслығы ҳәм қәўендер шөлкемлер тәрепинен, «А. Досназаров» АПЖ аймағындағы мектеплерге алыс аўыллардан қатнайтуғын социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақлардың балаларына 30 дана велосипедлер бийпул тарқатылды.
Илажда мектеп оқыўшыларының ата-аналары сектор баслығына қутлы рамазан айында көрсетип атырған саўаплы ислерине кеўиллери толып, миннетдаршылықларын билдирди.
Усы күни район прокуроры аймақ турғынлары менен ушырасыў өткерип, олардың машқалалары менен танысты ҳәм унамлы шешилиўине жәрдем беретуғынлығын билдирди.