Саўап исти ислеў бизиң халқымыздың ағла пазыйлетлеринен саналады.
Быйылғы рамазан айында биринши сектор аймағындағы «Есим» МПЖ да жасаўшы 1-топар майыбы Ерполат Алламбергеновқа етик тигиў устаханасын ашып бериў ушын район ҳәкими тәрепинен қәўендерлик көрсетилмекте.
Усы жылдың апрель айында Ерполатқа устахана ашыў ушын жер орны ажыратылып, ҳәзир устахананың гербиш өриў жумыслары алып барылмақта.
Бүгин район ҳәкими У. Утамбетов усы қурылыс жумыслары менен танысып жаслар менен ушырасты.
Ушырасыўда өз исбилерменлигин басламақшы болып жүрген жаслар менен сәўбет жүгизип, оларға жумыс баслаўы ушын әмелий жәрдем беретуғынлығына таяр екенлигин билдирди ҳәм қурылыс жумысларына қәўендерлик етип атырған мәҳәллелердеги жаслар жетекшилерине өз миннетдаршылығын билдирди.
Сондай-ақ усы күни, аймақтағы бир қатар шаңарақлардың үй алды қыйтақ жерлериндеги жумыслар менен де танысты.