«АШЫҚ ЕСИКЛЕР» КҮНИ

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 5241-санлы қарарының 3-бәнтинде 2022/2023 оқыў жылынан баслап ЖОО оқыўға кирмеген улыўма билим бериў мектеплериниң 11-класс питкериўшилери бәнтлигин тамийинлеў мақсетинде оларды техникум ҳәм колледжлерде биринши кәсип ҳәм қәнигеликте оқыўы БИЙПУЛ әмелге асырылады делинген.
Усы қарар тийкарында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик Университети жанындағы Қараөзек агроэкономика техникумында «Ашық есиклер» күни шөлкемлестирилди.
Онда районымыздағы 2-31-ҳәм 33-санлы улыўма билим бериў мектеплериниң питкериўши класс оқыўшылары саяхатта болып, техникумда оқыўшыларға жаратылған имканиятлар, оқыў инвентарлары менен жақыннан таныстырылды.