Халық ӯәкиллериниӊ «Əҳмийетли он күнлиги» шеңберинде сайлаӯшылар менен ушырасыӯлар болып өтпекте.
Гезектеги ушырасыў “Мәденият” аӯыл пуқаралар жыйыны аймағында болып өтти.
Ушырасыўға Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеӊесиниң депутатлары С. Сайымова ҳәм Г. Досбергеновалар қатнасты.
Ушырасыўда депутатлар тәрепинен алып барылып атырған жумыслары ҳаққында сайлаўшыларға есабатлар берилип, жаӊадан қабыл етилген нызам ҳәм қарарлардың халқымыз турмысындағы əҳмийети бойынша кеңнен түсиниклер берип өтилди.