Сессия

Қараөзек район ҳәкимлигиниң мәжлислер залында Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеңесиниң гезектеги сессиясы болып өтти.
Сессияға районлық Кеңестиң депутатлары, сектор баслықлары, район ҳәкиминиң орынбасарлары, өзин-өзи басқарыў уйымлары, мəкеме, шөлкем басшылары менен ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Сессия күн тәртибинде 2022-жылдың биринши шереги даўамында жергиликли бюджет параметрлериниң орынланыўы, сондай-ақ аймақлық потенциалдан келип шыққан ҳалда жергиликли бюджет дәраматларының қосымша дереклерден пайдаланыў жөнелислери, жергиликли бюджет дәраматларын асырыўдың анықланған резервлери бойынша районлық қаржы бөлими ҳәм районлық мәмлекетлик салық инспекциясы басшыларының есабатлары тыңланды.
Буннан соң, сессия күн тәртиби бойынша районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 1-10 ҳәм 13-санлы улыўма орта билим бериў мектеби директорлары лаўазымына бос турған орынға талабанлардың алдағы үш жыллық бағдарламалары тыңланды.
Сессияда күн тәртибиндеги мәселелер бойынша шешимлер қабыл етилип, алдағы режелер белгилеп алынды

.