Профилактикалық илаж болып өтти.

Қараөзек райондағы Ак.С.Камалов АПЖ жыйынында “Ҳуқуқбузарлықлар профилактикасы күни” не байланыслы районлық ИИБ баслығы Б.Шаханов, жынаят ислери бойынша Қараөзек районы суды баслығы Ж.Алланиязовлардың қатнасыўында пуқаралар менен ушырасыў болып өтти.
Илажда шығып сөйлегенлер аймақта ҳәр түрдеги жынаялардың алдын алыў, ҳуқықбузарлықларға қарсы гүресиў бағдарындағы алып барылып атырған профилактикалық илажларға тоқтап өтип, жынаятларға қарсы гүресиўде аўыл пуқаралар жыйыны ҳәм пуқаралар менен биргеликте тығыз байланыста болыў кереклиги атап өтилди.
Ушырасыўда пуқаралар тәрепинен берилген сораўларғы тийисли жуўаплар қайтарылып, ҳуқықый түсиниклер берилди.