Бәрше мөмин мусылманлар ушын муққадес болған мубарек, Рамазан айын быйыл халқымыз мүнәсип тәризде жақсы нийетлер менен күтип алмақта.
Бүгин таӊ азаннан «Рамазан ҳайыт» байрамы мүнәсибети менен «Идрис Ийшан» жоме мешитинде «Рамазан ҳайыт» намазы оқылып, ата-бабаларымыздың руўхларына қуран қатым етилди.
Буннан соң район ҳәкими У.Утамбетов, бәрше жәмәәтти, байрам сәнеси менен қутлықлап, елимизге тынышлық, қут-берекет мол ырысқы-несийбе тиледи.
Ҳақыйқатында да Рамазан халқымызды мийрим-шәпәәтликке, қайырлы ислерге бағдарлаўшы пазыйлетлеримизден саналанады.