ҚАРАӨЗЕК РАЙОНЫ ҲӘКИМИНИҢ “РАМАЗАН ҲАЙЫТ” БАЙРАМ ҚУТЛЫҚЛАЎЫ.

Ҳүрметли районымыз халқы!

Сизлерди ҳәм шаңарақ ағзаларыңызды халқымыз интизарлық пенен күтетуғын Рамазан ҳайыт байрамы менен шын кеўилден қутлықлайман.
Шаңарақларыңызға қут-берекет, аўызбиришилик, мол ырысқы-несийбе, дийханларымызға молшылық тилеймен. Бул қутлы айда бәрше ислеген қайырлы ислериңизди Алла таала қабыл етсин!
Және бир мәртебе пазыйлетли “Рамазан ҳайыт” байрамы қутлы мүбәрек болсын әзиз дослар!