Усы жылдың 1-май күни, «Рамазан ҳайыт» байрамы мүнәсибети менен «Жайхун» ресторанында район ҳәкимлиги ҳәм кәўендер шөлкемлер менен биргеликте райондағы бир қатар нураныйларға, мешит жәмәәтине, Чернобыль қатнасыўшыларына аўыз ашар берилип, кең дәстурхан жайылды.
Онда район ҳәкими ҳәм бир қатар нураныйлар бәршени қутлы әйяям Рамазан айы менен қутлыклап, рамазанның ағла пазыйлетлерине тоқтап өтти.
Буннан соң бир қатар жасы үлкен нураныйларға район ҳәкимлиги тәрепинен байрам саўғалары тапсырылды.
Байрам илажы районлық мәденият бөлиминиң йошлы концерт бағдарламалары менен даўам етти.