УРЫС ҚАТНАСЫЎШЫСЫНА САЎҒАЛАР ТАПСЫРЫЛДЫ

9-май «Еслеў ҳәм қәдирлеў» күни алдынан Қарақалпақстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министрлиги, район ҳәкимияты ўәкиллери менен биргеликте, райондағы «А. Досназаров» АПЖ да жасаўшы, Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшысы Генжемурат Алланиязовтың шаңарағында болып, байрам саўғаларын тапсырды. Нураныйды 9-май «Еслеў ҳәм қәдирлеў күни» байрамы менен қутлықлап, денсаўлығын медициналық көриктен өткерип, дәри-дәрмақлар берилди.