Пуқараның мүрәжаты унамлы шешим тапты

Район аймағындағы «Бердақ» АПЖ дағы «Қарамойын» аўылының турғыны 2-топар майыбы, Халмуратов Даўлетмурат аўыл пуқаралар жыйынына шаңарағына турақ жай салыў ушын жәрдем сорап мүрәжат етип келген.
Бул пуқараның мүрәжаты «Бердақ» АПЖ баслығы ҳәм районлық Кеңес депутаты А. Тлеўмуратовлар тәрепинен үйренилип, мүрәжаты унамлы шешимин тапты.
Ҳәзирги күнде, бул пуқараға қәўендерлер тәрепинен жайының орнына топырақ төгиў жумыслары алып барылмақта.