Бүгин Қараөзек районы «Мәденият» АПЖ да қарақалпақ әдебияты кафедрасы профессоры, филология илимлериниң докторы, Қуўанышбай Оразымбетовтың 60 жыллық юбилейине бағышлап, «Илим пидайысы ҳәм әдиўли устаз» атамасында әдебий ушырасыў кеше болып өтти. Ушырасыўға Республикамыздан бир қатар жазыўшы шайырлар, илим ғайраткерлери, аўылласлары менен устазлары қатнасты.
Онда шығып сөйлеўшилер, Қ. Оразымбетовтың өмир жолы, дөретиўшилик жумыслары бойынша кеңнен таныстырып өтти.
Ҳақыйқатында да, алым әдебияттаныў илимине ҳәм билимлендириў тараўына салмақлы және де баҳалы мийнетлери менен үлес қосып киятыр. Ол 5 монография, 7 сабақлық ҳәм 200 ге шамалас илимий мақалалардың авторы.
Қ. Оразымбетовтың қайсы илимий изертлеў жумысларын ямаса мақалаларын оқып қарасақта, оларда терең теориялық, салмақлы пикирлер айтылғанлығын көремиз.
Белгили ҳәм зәбердес алымның илимий теориялық ҳәм методикалық изертлеў жумыслары ғәрезсизлик дәўирдеги жасларды кәмил инсан етип тәрбиялаўда үлкен әҳмийетке ийе.
Ушырасыў соңында мийманларға, районлық Мәденият бөлими тәрепинен таярланған йошлы концерт бағдарламалары қойып берилди.