Урыс жылларында қаншадан-қанша перзентлер әкесиз, аналар перзент дағы менен жасап, баласынан «қара қағаз» келген болса да кеўлинде үмит ушқыны менен күтти.
Урысқа кеткен перзентинен үмит үзбей күткен аналарымыз ушын қурылған Қараөзек районы “Ғәрезсизлик гүзары” МПЖ аймағында жайласқан «Ҳǝсиретли ана» естелиги жанында илаж шөлкемлестирилди. Илажға Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы районлық бөлими баслығы М. Атажанов, 2-9- ҳәм 10-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери тәрбияшылары менен бақша балалары қатнасты.
Илаж барысында естеликтиң орнатылыў тарийхы, урыс жылларындағы халқымыздың басынан кеширген қыйыншылықлары, ана ўатанымызды қорғаў жолында ата-бабаларымыздың мәртликлери бойынша мағлыўматлар берилди.