Бүгин районда 9-май–Еслеў ҳәм қәдирлеў күни ҳәмде Екинши жер жүзилик урыста ерисилген жеңистиң 77 жыллығы мүнәсибети менен байрам илажы болып өтти.
Онда райондағы «Ҳәсиретли ана» естелиги майданына кең жәмийетшилик ўәкиллери келип, гүлшеңберлер қойды.
Буннан соң, район орайынан “Халықлар дослығы бағы” ның ашылыў мәресими болып, онда район ҳәкими У. Утамбетов халқымызды байрам менен қутлықлады ҳәм мийнет фронты ветеранларына ғамқорлық көрсетиў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылып атырғанлығын атап өтип, жер жүзилик урыста қурбан болғанлардың естеликлерине ҳүрмет көрсетилди.
Усы күни екинши жәҳән урысының қаҳарманлары жерлеслеримиз, Махаш Балмағанбетов, Жуман Қарақулов, Даңқ ордениниң толық кавалери, Тилеўмурат Өтемуратовлардың атлары мәңгилестирилип, оларға естелик-бюсти қойылды.
Илажда бир қатар жасларымыз шығып сөйлеп, жаўынгерлеримиздиң урыс жылларындағы еткен ерликлери ҳаққында мағлыўматлар берди.
Бул қаҳарманларымыздың естеликлери, 9-май–Еслеў ҳәм қәдирлеў күни ҳәмде Екинши жер жүзилик урыста ерисилген жеңистиң 77 жыллығы байрамына өзгеше саўға болды.