Урыс ветеранларына Президент саўғалары тапсырылды

9-май улыўма халықлық байрамы – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни сондай-ақ, фашизм үстинен ерискен уллы жеӊистиӊ 77 жыллық байрамы мүнәсибети менен, ветеранларға Президент саўғалары тапсырылды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ Баслығы Мурат Камалов бүгинги күнде арамызда жасап атырған 4 урыс қатнасыўшысыныӊ, яғный төрткүлли Иван Галенконыӊ, қараөзекли Генжемурат Алланиязовтыӊ, нөкисли Қәдирбай Нармановтыӊ, қанлыкөлли Оразбай Наметуллаевтыӊ шаӊарағына барып, Президент Ш.Мирзиёвтыӊ байрам қутлықлаўын оқып еситтирди ҳәм олардыӊ ҳәр бирине 15 миллион сўм ақша, қымбат баҳалы саўғаларын тапсырды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети