Қараөзек районы Мәмлекетлик салық инспекциясы баслығы М.Толыбаевтың исбилерменлерге есабаты ҳәм мүрәжәәти

Қараөзек районы мәмлекетлик салық инспекциясы тәрепинен 2022-жылдың
I-шереги дәўиринде 65 исбилерменлер менен ушырасыўлар өткерилди ҳәм көмеклесиў зәрүр жәрдемге мүтәж исбилерменлик субъектлеринен 60 исбилермен менен жеке ушырасып, салық төлеўшилерге көрсетилетуғын арнаўлы хызметлер дизими менен таныстырылып, исбилерменлик субъектлериниң машқалалары үйренилип шығылды.
Бәршеңиздиң хабарыңыз бар, усы жылдың 16-март күни Хүрметли Президентимиз Мәмлекетлик салық комитетине барып, салық уйымлары хызметкерлери менен ушырысыўы ўақтында исбилерменлерде менен ушырасып, олардың мәселелерин үйренип, салық нызамшылығындағы өзгерислер бойынша түсиндириўлер алып барып, бир қатар зәрүр тапсырмалар берген еди.
Бүгинги күнде «Салықшы – исбилерменге көмекши» принципи тийкарында Қараөзек районы салық хызмети уйымы тәрепинен исбилерменлердиң алдына барған ҳалда олардың машқалалары үйренилип, көшпели тәризде салық мәсләҳәтлери берилип, ҳәр тәреплеме жәрдемлер берилип атыр.
Оған айқын мысал ретинде Қараөзек районында I-шерек даўамында
271 исбилерменлик субъектлеринен мүрәжәәтлер келип түсип, олар толығы менен үйренилди. Нәтийжеде, салық хызмети уйымлары хызметкерлери жәрдеми менен
271 мүрәжәәт унамлы шешимин тапты. Бүгинги күнде басқа шөлкемлер менен байланыслы мәселелер қатаң қадағалаўға алынып, шерикликте шешиўдиң иләжлары көрилмекте.
Соның менен бирге, үйрениўлер даўамында салық түрлери бойынша
52 субъектлердиң 102,4 миллион сўмлық әмелдеги артықша төлемлери қайтарып берилди.
Атап өтиў орынлы, бүгинги күнде салық төлеўшилерге қолайлықлар жаратыў мақсетинде электрон хызметлер көрсетиў көлемин жәнеде кеңейттириў зәрүрли фактор болып атыр.
Мысалы, бүгинги күнде Қараөзек районында “Е-ijara” автоматластырылған программалық дәстүри арқалы исбилерменлерге түсиндириў иләжлары алып барылмақта.
Ҳақыйқаттан да, Президентимиз айтып өткениндей, салық төлеўшилерге ҳақыйқый мәнисте жәрдемши, үйретиўши болыў салық уйымларының бас ўазыйпасына айланып атыр. Усы мәнистен алып қарағанда, исбилерменлер ушын және де жеңиллик жаратыў ушын “Автокамерал” автоматластырылған информациялық системасының иске түсирилиўи тараўдағы үлкен жаңалықлардың бири болды.
Бул информациялық системасы арқалы, салық уйымлары салық төлеўшилер искерлигинде тексериўден алдынғы анализлерге итибар қаратып тексериўлерди емес, анализлерди өткериўи мүмкин. Яғный, салық төлеўши искерлиги даўамында қандай да алжасықларға жол қойып атырған болса ямаса есабатларында қандай да кемшиликлер анықланған жағдайда, автоматласқан система тезлик пенен салық төлеўшиниң жеке кабинетине алжасықларды туўрылаў ҳаққында хабарнама жибереди. Саналы программа өзи кемшиликлерди анықлап, ўақтында исбилерменге жәрдемши болып, хабар берип барады. Ең әҳмийетлиси, бунда инсан факторы араласпайды.
Итибарлы тәреплерден тағы бири, салық реформаларының жеделлик менен әмелге асырылыўы ҳәмде салық механизмлериниң жәнеде әпиўайыласыўы нәтийжесинде, жасырын экономика кескин қысқарып, салық түсимлери сезилерли дәрежеде артпақта. Исбилерменлик субъектлерине салық нызамшылығына киритилген өзгерис ҳәм қосымшалар, жаңалықлар, автоматласырылған информациялық системалары ҳаққында үзликсиз түрде, толық мағлыўматлар берип барылмақта.
Усы жылдың I-шереги даўамында «Салықшы – исбилерменге көмекши» дәстүри арқалы Қараөзек районында искерлик көрсетип киятырған исбилерменлик субъектлери менен байланыслы салық ҳуқықбузарлықлары ҳаққында жәми 10 мүрәжәәт келип түскен болып, олардың 10 мүрәжәәти бойынша да көшпели салық тексериўлери өткерилип, саўда қағыйдалары бузылғанлығы тастыйықланды.
Бүгинги күнде қолында өнери бар яки үйинде жеке тәртипте қандайда бир жумыс түри менен шуғылланып киятырған пуқараларымыз да баршылық. Олардың өзин өзи бәнт етиўи, иш стажына ийе болыўы ушын салық уйымы хызметкерлери тәрепинен бәрқулла жәрдемлер көрсетилип келинбекте.
Атап өтсек, усы жылдың I-шереги жуўмағы менен районда 445 пуқара өзин өзи бәнт етиў дәстүри арқалы дизимнен өтип, белгили бир жумыс түрлери менен шуғылланып келмекте.
Қараөзек районы мәмлекетлик салық хызмети уйымлары хызметкерлери тәрепинен салық төлеўшилердиң мүрәжәәти ҳәмде сораўларына тезлик пенен жуўап қайтарыў мақсетинде телеграмм мессенжери группалары шөлкемлестирилген болып (300 ден артық ағзасы бар) исбилерменлердиң сораў ҳәмде мүрәжәәтлерине өз ўақтында белгиленген тәртипте жуўаплары берилмекте.
Егерде сизлер тәрепинен салық тараўына байланыслы сораўларыңыз яки машқалаларыңыз болса төмендеги телефон номерлери арқалы сораў жоллаўыңыз мүмкин.
(61) 465-54-13, (61)465-42-85
Сондай-ақ, 99-269-45-20 номерли телеграмм мессенжеринде жазба мүрәжәәт етиўиңиз мүмкин.
Ҳүрметли исбилерменлер!
Қараөзек районы мәмлекетлик салық уйымлары хызметкерлери салық тараўына тийисли барлық сораўларыңызға жуўап бериў, билмегенлериңизди үйретиў ҳәм «Салықшы – исбилерменге көмекши» принципи тийкарында сизге жақыннан жәрдем бериўге бәрқулла тайын.