Шаңарақларда медициналық мәдениятты асырыў илажы

Усы жылдың 15-май Халықаралық шаңарақ күни мүнәсебети менен Қараөзек посёлка пуқаралар жыйынында халықтың саламат турмыс тәризин қоллап-қуўатлаў ҳәм физикалық белсендилигин асырыў бөлими тәрепинен туўры аўқатланыў, жеке гигена, пияда жүриўдиң әҳмийети бойынша илаж өткерилди.
Илажда районлық медицина бирлеспеси шыпакерлери тәрепинен шаңарақларда саламат турмыс тәризин тәмийинлеў, ҳәр қыйлы аўырыўлардың алдын алыў илажлары бойынша аймақ турғынларына кең түрде түсиниклер берилди.
Буннан соң спорт илажларыда шөлкемлестирилип, оған пуқараларымыз белсене қатнасты.