Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен халық билимлендириў системасын буннан былай да раўажландырыў бойынша белгилеп берилген ўазыйпаларының орынланыўы бойынша әмелге асырылып атырған жумысларға байланыслы, Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында мектеп питкериўшилери менен ушырасыў шөлкемлестирилди.
Ушырасыўға район ҳәкими У. Утамбетов, республикамыздағы жоқары оқыў орынларының профессор оқытыўшылары менен мектеп директорлары ҳәм питкериўши жаслары қатнасты.
Онда шығып сөйлеўшилер, мәмлекетимиз тәрепинен питкериўши жасларға жаратылған имканиятлар, қәнигеликлер, бағдарлар бойынша жоқары оқыў орнына ҳүжжетлер тапсырыў, жас исбилермен жойбары тийкарында питкериўши жасларды кәсипке бағдарлаў, исбилерменликке қызықтырыў, исбилерменлик бойынша жеңилликлер, ажыратылатуғын кредитлер, жаратылған имканиятлар ҳаққында түсиниклер берилди.
Буннан соң бир қатар жаслар келген мийманларға, өзлерин қызықтырған сораўларын берип тийисли жуўаплар алды.