Наманган ўәлаяты ҳәкиминиң кубогы ушын спорт жарысы өткерилди.

Бүгин районымыздағы Наманган ўәлаяты ҳәкиминиң кубогы ушын өткерилген спорт жарысын район ҳәкими У. Утамбетов ҳәм Наманган ўәлаяты ҳәкимлигинен келген мийманлар ашып берди.

Спорт жарысы саламатлық ушын 5000 қәдем менен басланды. Буннан соң жаслар жетекшилери менен биргеликте аймақ жаслары арасында спорттың мини футбол ҳәм стол тенниси бойынша жарыслар өткерилди.

Жарыс даўамында спортшылар кескин беллесиўлер алып барып, жеңимпазлар анықланды. Жарыс соңында жеңимпазлар Наманган ўәлаяты ҳәкимлиги тәрепинен таярланған қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.