Районда төрт АПЖ ның баслықлары сайланды.
2022-жылдың 16-май күни райондағы төрт АПЖ да пуқаралар жыйыны баслығын (ақсақалын) сайлаўы болып өтти.
Орынларда өткерилген сайлаўлар, сайлаў нызамшылығына тийкар алып барылып, аймақ халқы өзлерине мүнәсип талабанларды сайлады.
Сайлаў даўамында, «Қойбақ» АПЖ ны баслығы етип, Сергазиев Оразбай, «А. Досназаров» АПЖ на Сапаров Ниетбай, «Қараөзек» АПЖ баслығы етип, Атаниязов Жеткербай, «Есимөзек» АПЖ баслығына, Ещанов Сүйеўбайлар қарсыласларынан көп даўыс топлап, АПЖ баслығы (ақсақалы) лаўазымына сайланды.
Болып өткен сайлаўлар жасырын даўыс бериў жолы менен өткерилип, аймақ турғынлары сайлаўға белсене қатнасты.