Бүгин райондағы Мәмлекетлик хызметлер көрсетиӯ орайы мәжилислер залында, Өзбекстан “Миллий тикланиш” демократиялық партиясы Қараөзек районлық Кеңесиниӊ нәўбеттеги, Пленумы болып өтти.
Пленумда партияныӊ Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси бас қәнигеси
Н. Есемуратов, жергиликли кеңес депутатлары, басланғыш партия шөлкеми жетекшилери ҳәм белсенди ағзалары, бирге ислесиўши шөлкемлер менен ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Пленумда ӨзМТДП районлық Кеңеси, жергиликли кеңесиндеги депутатларының 2021-жылда әмелге асырылған жумыслары ҳәм де 2022-жылдағы алда турған ўазыйпалары талқылланды.
Пленум жуўмағында бир қатар партия белсендилерине, Республика ҳәм районлық Кеңеси тәрепинен алғыснамалар ҳәм жаңа ағзаларға партияның ағзалық гуўалықлары салтанатлы түрде тапсырылды.