Районы ҳәкимлигинде 13 аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларындағы ҳәким жәрдемшилери менен сектор басшылары ушырасыў өткерип, олардың алып барып атырған жумыслары ҳаққында өз-ара сәўбет жүргизди.
Сондай-ақ, усы күни ҳәким жәрдемшилериниң өзлерине жүклетилген ўазыйпалары кең түрде талқыланып, өнимли жумыс атқарыўы ҳәм оларға қолайлықлар жаратыў мақсетинде, мобиль планшетлер тапсырылды.