Сайлаў 2022

Бүгин райондағы Қараөзек посёлка пуқаралар жыйыны баслығын (ақсақалын) сайлаўы болып өтти
️Пуқаралар жыйыны баслығы сайлаўына жәми 161 ўәкилден 140 сайлаўшы қатнасты.
Өткерилген сайлаў, сайлаў нызамшылығына тийкар алып барылып, аймақ халқы өзлери мүнәсип деп билген талабанларына даўыс берди.
Сайлаў нәтийжесине бола, қатнасқан сайлаўшылардың қоллап-қуўатлаўы менен 63,5% даўыс топлаған талабан, Аманбай Темирханов жеңимпаз деп табылып, Қараөзек ППЖ баслығы (ақсақалы) лаўазымына тайынланды.