Сайлаў

Бүгин 4 сектор аймағындағы «Қутлы мәкан» мәкан пуқаралар жыйыны баслығын (ақсақалын) сайлаўы болып өтти.
Сайлаў өткерилетуғын орында сайлаўшылар ушын барлық шараятлар жаратылып, сайлаў көтериңки руўхта өткерилди.
Мәҳәлледеги болып өткен сайлаў жасырын даўыс бериў жолы менен өтип, пуқаралар емин-еркин өзлери таңлаған талабанларға даўыс берди.
Сайлаў жуўмағында «Қутлы мәкан» мәкан пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы) болып, Полат Қәллибеков қасындағы талабанлардан көп даўыс топлап, МПЖ баслығы лаўазымына тайынланды.
Буннан соң, бир қатар аймақ жас үлкенлери жаңадан сайланған ақсақалға алдағы жумысларында табыслар тилеп, халқымыздың социаллық турмыс шараятының жақсыланыўына салмақлы үлес қосыўына тилек билдирди.