Бүгин район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети, районлық халық билимлендириў бөлими менен биргеликте, жасларымызға тәлим-тәрбия бериў мәселелери бойынша ашық сәўбетлесиў өткерилди.
Онда районлық ХББ баслығының орынбасары Қ. Разбековтың, өткен 2021-жылдың жуўмақлары ҳәм 2022-жылдың төрт айы даўамында районлық ХББ тәрепинен әмелге асырылған жумыслары бойынша есабаты тыңланды.
Буннан соң қатнасыўшылар тәрепинен сораўлар берилип, оларға тийисли жуўаплар қайтарылды.