Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң оқытыўшылары Қараөзекте

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев тәрепинен 2022-жыл 5-апрель күни халық билимлендириў тараўындағы реформалардың нәтийжелилигин арттырыў бойынша видеоселектор мәжилисинде берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, улыўма билим бериў мектеплери менен жоқары оқыў орынларының бирге ислесиўин тығыз жолға қойыў ҳәм методикалық жәрдем көрсетиўи ушын, райондағы 1-санлы УОББ мектебиниң питкериўши ҳәм жоқары класс оқыўшыларына, ҚМУ Санаат-технологиясы факультети профессор оқытыўшылары келип, оқыўшылар менен ушырасыў шөлкемлестирди.
Ушырасыўға район ҳәкими У.Утамбетов, районлық халық билимлендириў бөлими баслығы А. Калилаев, факультет деканы Р. Қурбаниязовлар қатнасты.
Онда мектеп оқыўшыларын “Кәсипке бағдарлаў”, “Заковат интелектуал ойынлары” ҳәм “Мен таңлаған кәсип” атамасында ЭССЕ жазыў таңлаўлары болып өтти.
Ушырасыўда университет муғәллимлери, университет ҳәм факультети ҳаққында толық мағлыўматлар берип, факультетте студентлер ушын жаратылған шәраятлар, ол жердеги сабақлардыӊ барысы хаққында таярланган слайтлар ҳәм көргезбе қураллары жәрдеминде кеӊ түрде түсиниклер берип өтти.
Илаж соңында шөлкемлестириўшилер тәрепинен өткерилген таңлаўларға белсене қатнасып, жоқары нәтийжелерге ерискен оқыўшылар ҚМУ ректоры атынан таярланған диплом ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.