2022-жылдың 19-20-май күнлери аралығында Нөкис қаласында спортың “Еркин гүрес” түри бойынша 2009-2010-жыллары туўылған жас өспиримлер арасында, Өзбекстан “Яшлик” дене тәрбиясы жәмийети Қарақалпақстан бөлими бириншилиги болып өтти.
Жарысқа Қараөзек районынанда бир қатар күшли палўанлар гилемге түсти.
Жарыс жуўмағында районнан +62 кг салмақта, Зинеттуллаев Аралбай 1-орынды ийелеп, районымыздың абройын көтериўге еристи.
Спортшыны жарысқа таярлаған тренер А. Шектибаева.