Спорт

Усы жылдың май айында Тахиатас районында спорттың аўыр атлетика түри бойынша балалар өспиримлер спорт мектеплериниң 2006-2012-жыллары туўылған спортшылары арасында Қарақалпақстан Республикасы чемпионаты болып өтти.
Болып өткен жарысқа Қараөзек районы спорт мектебиниң аўыр атлетика спортшыларыда катнасып, жақсы нәтийжелер менен кайтты.
Жарыс жуўмағында 61 кг салмақтан Есназаров Алишер, 67 кг салмақтан Тажимуратов Жақсыбек 73 кг салмақтан Ерниязов Мусалар сыйлы 2-орынды, 81 кг салмақтан Жолымбетов Асылбеклер 3-орынларды жеңип алыўға еристи.
Жарысқа спортшыларды Алмағанбетов Ережеп ҳәм Отарбаев Икрамлар таярлады.