Бүгин райондағы “Ата мәкан” ҳәм “Қутлы мәкан” МПЖ да жумыс баслаған исбилерменлердиң жумыслары менен танысыў ушын Қарақалпақстан телерадиокомпаниясы журналистлери усы орынларда болып, пресс тур шөлкемлестирди.
Пресс турға район ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети, ҳәким жәрдемшилери, менен жаслар жетекшилери қатнасты.
Пресс тур даўамында қатнасыўшылар усы аймақлардағы исбилерменлердиң жумыслары менен танысып, Қарақалпақстан телеканалы ҳәм радио еситтириўлерине материаллар таярлады.
Сондай-ақ усы күни “Есим” ҳәм “Қутлы мәкан” МПЖ жыйынларында болып, аймақ турғынлары менен ушырасыў өткерди.
Ушырасыўда пуқаралар Қарақалпақстан теле ҳәм радио каналларында берилип атырған көрсетиўлер менен еситтириўлерге өз мүнәсибетлерин билдирип, журналистлер менен кеңнен пикир алысты.
Ушырасыў сораў-жуўаплар менен даўам етти.