Рәсмий жуўап

Усы жылдың 20-май күни социаллық тармақларда Қараөзек районының «Ак. С. Камалов” аӯыл пуқаралар жыйыны пуқараларынан аймақта газ балон машқаласы бойынша мүрәжат жәрияланған еди.
Бул жағдай бойынша район ҳәкимлиги, “Qaraozektumongaz” газ тәмийнаты филиалы хызметкерлери пуқаралар менен ушырасып, мүрәжатты үйренип шықты.
Үйрениў даўамында аӯыл пуқаралар жыйынына районлық ҳәкимият тәрепинен тастыйықланған график тийкарында арнаўлы автотранспортта суйылтырылған газ жетерли дәрежеде берилип атырғанлығы мәлим болды.
Мағлыўмат орнында айтып өтетуғын болсақ:
Бүгинги күнде, Қараөзек районы “Ак. С. Камалов” аӯыл пуқаралар жыйыны бойынша 816 жеке хожалық суйылтырылған газ бенен тәмийинленип келмекте ҳәм суйылтырылган газ бенен тәмийинленген хожалықларда 1451 дана айланба газ балонлары филиал тәрепинен хожалықларға айланба усылында пайдаланыў ушын ижараға берилген.
Жыл басынан аӯыл пуқаралар жыйыны жеке хожалықларына 45,3 тонна суйылтырылған газ жеткерип бериў режелестирилген болса, әмелде 48,6 тонна (107%) суйылтырылған газ жеткерип берилди.
Бүгинги күнде суйылтырылған газден пайдаланыўшы жеке хожалықларға автоматластырылған онлайн система Е-газ дәстүри енгизилип, суйылтырылған газ баллонлар есап-санақ ислери усы системада алып барылмақта.

“Qaraozektumongaz” газ тәмийнаты.