Өзбекстан Республикасы Орайлық банк ҳәм Алоқабанк тәрепинен шөлкемлестирилген «Улыўмахалықлық пул ҳәптелиги-2022» (Global money week 2022) билимлендириў компаниясы шеңберинде «Пулларды банклерде сақлаў қәўипсиз ҳәм пайдалы» сүрени астында өткерилген «Финанслық саўатханлық бойынша ең жақсы сабақ» таңлаўы болып өтти.
Усы таңлаўға районымыздағы 6-санлы мектептиң география пәни муғаллими М. Маланов қатнасып, сыйлы III ийелеўге мияссар болды.
Жеңимпазға шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.