Усы жылдың 23-май күни Исбилерменлер Ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы (O’zLiDeP) Қараөзек районлық Кеңеси тәрепинен “Депутат ҳәм жаслар” темасында ушырасыў шөлкемлестирилди.
Ушырасыўға Халық депутатлары O’zLiDeP Қараөзек районлық Кеңеси депутаты, Тлеўмуратов Нурмахамет Сейтпанович ҳәм Қараөзек районы кәсип-өнер мектеби оқытыўшылары ҳәм оқыўшы жаслары қатнасты.
Ушырасыў даўамында жасларға Жаӊа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы ҳәм 2022-жылда әмелге асырылатуғын жол картасында мәмлекетимизди раўажландырыўдыӊ
7 тийкағы жөнелислери ҳаққында түсиниклер берилип, мәмлекетимизде жасларымызға жаратылған кең имканиятларға тоқтап өтти.
Ушырасыў сораў жуўаплар менен даўам етти.