Бүгин 25-май — Соңғы қоңыраў!

Ҳәр жылы елимизде 25-май күни халық билимлендириў тараўында улыўма орта билим бериў мектеплеринде «Соңғы қоңыраў» лар болып өтеди.
Бүгин райондағы 33 мектепте «Соңғы қоңыраў» лар болып, солар қатарында 1-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде «Хош бол, ана мектебим» атамасында өткерилди.
Илажда район ҳәкиминиң биринши орынбасары Қ. Азербаев ҳәм басқалар сөзге шығып, ҳүрметли Президентимиздиң мектеп питкериўшилерине жоллаған қутлықлаўын оқып еситтирди.
Буннан соң районлық ХББ баслығының орынбасары Қ. Разбеков мектеп директоры Р. Гүлимбетов, «Есим» МПЖ баслығы Х. Төлегеновлар сөзге шығып, мектеп питкериўшилерин оқыў жылының жуўмақланыўы менен қызғын қутлықлады ҳәм олардың алдағы жоқары оқыў орынларына кирип кетиўине ҳәм кәсиплериниң маманы болып жетилисиўине тилек билдирди.
Илаж даўамында оқыў жылы даўамындағы мектеп оқытыўшылары ҳәм оқыўшыларының жетискенликлери атап өтилип, оларға диплом ҳәм баҳалы саўғалар салтанатлы түрде тапсырылды.
Буннан соң питкериўшилердиң таярлаған концерт бағдарламалары инам етилди.
Мағлыўмат орнында атап өтсек, 2021-2022-оқыў жылында район бойынша жәми оқыўшылар саны, 8515 оқыўшы болып, соннан 1-класс оқыўшылары 931, 9-класс оқыўшылары 668 болып, 11-класс оқыўшылары 402 оқыўшыны қурайды.