Усы жылдың 25-май күни райондағы барлық мектеплерде «Соңғы қоңыраў» илажлары өткерилип, сол қатары үлгили, белсенди оқыўшылар ҳәм оларды камалға келтирип, тәрбиялаған ата-аналары, оларға билим берген муғәллимлери район ҳәкими тәрепинен сыйлықланды.
Атап айтқанда, «Мениң қаҳарманым» сүрени астында өткерилген «Министрге хат» шығармалар таңлаўының жеңимпазы, өзиниң дөретиўшилик қәбилети нәтийжесинде өз теңлеслерине үлги болып, әдебият тараўына дәслепки қәдеми есапланған «Аққайнар» қосықлар топламы ийеси ҳәмде шет тилин билиў дәрежесин баҳалаўшы халықаралық IELTS сертификатын алыўға ерискен оқыўшылар ҳәм олардың устазлары район ҳәкиминиң ҳүрмет жарлықлары, баҳалы саўғалары менен сыйлықланды.
