Қараөзек район ҳәкимлигиниң мәжлислер залында Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеңесиниң гезектеги сессиясы болып өтти.
Сессияға районлық Кеңестиң депутатлары, сектор баслықлары, район ҳәкиминиң орынбасарлары, өзин-өзи басқарыў уйымлары, мəкеме, шөлкем басшылары менен ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Сессия күн тәртибинде Өзбекстан Республикасы Президенти Ш. М. Мирзиёевтың 2022-жыл 23-24-февраль күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында берилген тапсырмалардан келип шығып, 2022-жылда Қараөзек районын социал-экономикалық раўажландырыў бойынша районға бекитилген Наманган ўәлаятының жол-карта тийкарында әмелге асырылған жумыслары тыңланды.
Буннан соң Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ Қараөзек районындағы Халық қабыллаӯханасы мәлимлемеси, районлық Қаржы бөлиминиӊ есабаты, районда Қурылыс тараӯында әмелге асырылған жумыслар, «Темир дәптер» ҳәм «Ҳаяллар дәптери» дизиминдеги шаӊарақларға көрсетилип атырылған жәрдемлер ҳәм социаллық қоллап-қуӯатлаӯ мақсетинде, қаржы ажыратыӯ ҳаққында мәселелер додаланды.
Сондай-ақ күн тәртиби бойынша районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 3- ҳәм 6-санлы улыўма орта билим бериў мектеби директоры лаўазымына бос турған орынға талабанлардың алдағы үш жыллық бағдарламалары тыңланды.
Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша шешимлер қабыл етилип, алдағы режелер белгилеп алынды.