Спорт

Қараөзек районы халық билимлендириў бөлими ҳәм районлық жаслар ислер агентлиги менен биргеликте райондағы улыўма орта билим бериў мектеп оқыўшылары арасында “1-июнь халықаралық балалар күни” не бағышланып, спорттың “Баскетбол” түринен жарыс болып өтти.
Жарысқа улыўма билим бериў мектеплеринен дүзилген командалар белсене қатнасып, өз-ара күш сынасты.
Жарыс жуўмағында жеңимпаз командалар халық билимлендириў бөлими тәрепинен мүнәсип сыйлықланды.