МЕКТЕП ОҚЫЎШЫЛАРЫНЫҢ АТА-АНАЛАРЫ МЕНЕН УШЫРАСЫЎ ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЛДИ.

Районлық ХББ не қараслы 1-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде билим алып атырған оқыўшылардың ата-аналары менен ушырасыў болып өтти.
Ушырасыўда 2021-2022-жылдың оқыў жуўмағы ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 19-май күнги «Мәмлекетлик улыўма орта билим бериў мәкемелери оқыўшыларын заманагөй бирден-бир мектеп формасы менен тәмийинлеў ҳаққында» ғы 271-санлы қарарының мазмун-мәниси, «Ҳуқуқбузарлықлар профилактикасы ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў, жас өспиримлердиң жазғы дем алыс күнлеринде олардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў, спорт жарыслары, дем алыс орайларына тартыў ҳәмде дем алыс күнлеринде әмел қылыўы керек болған техника қәўипсизлиги қағыйдалары, жап салмалар, каналлар, дәрья-көллерде шомылыў, жол ҳәрекети қағыйдаларына әмел етиўде ата-аналардың жуўапкершилигин асырыў бойынша ўазыйпалар атап өтилди.