Районнан жаңадан орай жумыс баслады.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 16-июньдағы хызметлер тараўын қоллап-қуўатлаў ис-илажлары ҳаққындағы ПК 4752-санлы қарарына тийкар «Агробанк» Қараөзек филиалы тәрепинен район орайынан «Агроорай» хызметин шөлкемлестириў ушын кредит қаржысы ажыратылды.
Усы орайдың ашылыў мәресими болып, оған район ҳәкими ҳәм сектор басшылары менен район белсендилери қатнасты.
Орай ендигиден былай фермер ҳәм қыйтақ жер ийелерине хызмет көрсетип, аўыл хожалығы егинлерин ҳәр қыйлы зыянкеслерден қорғаў ушын ҳәр түрдеги химиялық препаратлар алып келип, арзан баҳаларда хызмет көрсетиўди алдына мақсет етип қойған.