Бул күни барлық ата-аналар кишкентай балаларымызға айрықша кеўил бөледи. Республикамыздың барлық аймақларында, усы күни байрамға арналған түрли концертлер шөлкемлестирилип, қәўендерлер тәрепинен балаларға арналып саўғалар бериледи.
Бүгинги районда өткерилген байрам илажына район ҳәкими У. Утамбетов қатнасып, бәрше балаларымызға бахытлы балалық тилеп, соңғы жылларда мәмлекетимиз тәрепинен балаларымызға жаратылып атырған имканиятларға тоқтап өтти.
Байрам илажында бир қатар бақша тәрбияланыўшыларына мақтаў жарлықлары салтанатлы жағдайда тапсырылды.
Сондай-ақ район ҳәкимлиги ҳәм қәўендерлер тәрепинен шөлкемлестирилген байрам саўғалалары бәрше байрамға қатнасқан балаларға тарқатылды.
Байрам илажында қатнасыўшылар бақша балаларының таярлаған йошлы концерт бағдарламаларын тамашалады.