Балалардың жазғы дем алысын мазмунлы өткериўге бағышланған мәжилис болып өтти.

Балаларымыздың жазғы мәўсимде дем алыўлары ушын районда шөлкемлестирилген балалар мәденият ҳәм спорт саўалландырыў майданшаларында жумыс басланды.
Усы жылдың жаз мәўсиминде реже тийкарында, Баркамал әўлад балалар орайы, Балалар өспиримлер спорт мектеби, Балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектеби ҳәм Мәденият бөлиминде жәми 1000 бала мәденият ҳәм спорт саўалландырыў майданшаларында дем алыўы белгиленген.
Орынларда бес баслама бойынша көркем-өнер, спорт, компьютер технологиялары ҳәм интернеттен пайдаланыў, китапқумарлықты кең ен жайдырыў, ҳаял-қызларды жумыс пенен тәмийинлеў мақсетинде кәсип-өнерге үйретиў дөгереклери шөлкемлестилген ҳәм олардың мәўсим даўамында жумыс алып барыўлары ушын қолайлы шараятлар жаратылды.